Коронавирус пандемиясы ҳаққында биз қысқа ўақыт ишинде бир қанша мағлыўматларға ийе болдық. Бул кеселликтен дүнья жүзи бойлап қанша адам наўқасланып атырғаны, ең ашынарлысы қаншадан, қанша инсанның өмирин алып кетип атырған суўық хабарларды дерлик ҳәр күни ғалаба хабар қураллары арқалы мағлыўматларға ийе болмақтамыз. Деген менен, усы көз көрип, қулақ еситкен мағлыўматларға қарамастан көпшилик пуқаралар бул кеселликтиң қаншелли дәрежеде қәўипли екенлигин умытып, өзиниң ҳәм басқалардың өмирин қәўипке қойып атырғаны өкинишли.

Жасыратуғыны жоқ, ҳәр қандай кеселлик түри биринши нәўбетте патаслық, жеке гигиена талапларын сақламаў, пуқаралардың өз саламатлығына болған немқурайдылығынан келип шығады, десек асыра айтқан болмаймыз, әлбетте. Бүгинги күнде дүнья ҳалықлары басына түскен бул жағдай мәмлекетимизди де атлап өткени жоқ. Ашынарлысы  елимизде де бул инфекция менен наўқасланғанлар санының өсиўшилиги ҳәр биримизди сергекликке шақырып дабыл урмақта.

Биз бүгинги күнде мәмлекетимизде бул инфекцияның тарқалыўының алдын алыўда Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы ҳәм аймақлық филиаллары  тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында билиў мақсетинде усы басқарманың қәнигеси Фархад Ажимовтан айтып бериўин сорандық.

– Бүгинги күнде мәмлекетимизде коронавирус кеселлигине қарсы гүресиў, оның тарқалыўының алдын алыўда кешиктирип болмас қатаң илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 23-март күнги «Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы тийисли қарары тийкарында бир қатар шеклеўлер ҳәм карантин илажлары белгиленди.

Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм де Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.  Атап айтқанда ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясына  карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлерге қарсы гүресиўде пуқараларға ҳәм тийисли орынларға бир қатар жуўапкершилик жүклетилген болып, бул жуўапкершиликти орынламаған жағдайда тийисли тәртипте жәриймалар қолланылатуғыны көрсетилген.

Усы киргизилген өзгерислерге муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы ҳәм аймақлық филиаллары тәрепинен карантин талапларының әмелде орынланыўын қадағалаў, пуқараларды өз саламатлығына ҳәм басқалардың денсаўлығына немқурайдылығын болдырмаў, оның алдын алыўда орынларда тийисли тараўлар менен биргеликте кең көлемли үгит-нәсият жумысларын алып бармақта. Лекин, тилекке қарсы, өткерилип атырған бундай илажларға қарамастан айырым пуқаралар еле берин карантин даўиринде қойылып атырған көрсетпелерди бузыў жағдайлары ушраспақта.

Өз гезегинде, усы жылдың 26-март сәнесинен баслап бүгинги күнге шекемги аралықта карантин талапларын турпайы бузған 400 ден аслам пуқара анықланып, оларға  94 775 000 сум муғдарында ҳәкимшилик жәрийма шаралары қолланылды.

Соның менен бирге, аймақларда жайласқан емлеў-профилактикалық мәкемелеринде, мәмлекетлик шегаралардағы санитариялық-қадағалаў постларында, үй шараятында карантин илажлары өткерилиў жағдайлары қадағаланып барылмақта. Нәтийжеде емлеў-профилактикалық мәкемелерде, үй шараятында карантин талапларын бузыў жағдайлары да гүзетилмекте ҳәм бул анықланған жағдайлар бойынша арнаўлы комиссия штабына мағлыўматлар берилип барылмақта, – дейди Ф.Ажимов

Биз өз гезегинде, пуқараларымызға айтарымыз, өз саламатлығыңызға ҳәм де басқалардың саламатлығына бийпарўа болмай, карантин дәўиринде қойылып атырған бәрше талапларға нызамлы, ең баслысы, инсаныйлық көз қараста қараўға шақырамыз. Сонда ғана биз инсаният басына түскен бул сынақларды мәрдана жеңип шығыўымызға гүман жоқ.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасы жәмийетшилик пенен байланыс бойынша бөлими