Мәмлекетимиз басшысына Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, экономика тармақларын ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы жойбары бойынша мәлимлеме берилди.

Жойбар мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына тийкарланып ислеп шығылған болып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы ПП-5969-санлы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманының логикалық даўамы есапланады.

Ҳүжжет пандемияның мәмлекетимиз экономикасы ҳәм халықтың турмыс дәрежесине унамсыз тәсирин жумсартыўға қаратылған гезектеги жеңилликлер, префенциялар ҳәм басқа да әҳмийетли илажларды нәзерде тутады.

Президентимиз пәрманның жойбарына жалғыз баслы қариялар, майыплығы болған шахслар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, азық-аўқат, дәри-дәрмақ өнимлерин көбейтиў ҳәм баҳаларын арттырыўға жол қоймаў, исбилерменлик субъектлериниң айланба қаржылары  азайып кетиўиниң алдын алыў, оларға қосымша салық жеңилликлерин усыныс етиў сыяқлы бир қатар анық илажларды киргизиў зәрүрлиги ҳаққында жуўапкерлерге тапсырма берди.

Пәрманның жойбарын жетилистириў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.

 

ӨзА