Бүгин, 2020-жыл 26-марттан баслап Наманган қаласына кирип-шығыў тоқтатылды. Бул ҳаққында «Koronavirus Info» каналы хабар берди.

Мағлыўмат ушын, 25-март күни Стамбулда болып қайтқан Наманган қаласының турғынында коронавирус инфекциясы анықланды. Ол ҳәзирги ўақытта Наманган ўәлаятлық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

Еслетип өтемиз, 2020-жыл 23-март күни Министрлер Кабинетиниң «Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан аймағында 2020-жыл 24-март саат 00:01 ден баслап коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы күшейтилген тәртип енгизилди.

Оған муўапық, коронавирустың республиканың басқа аймақларына тарқалыўының алдын алыў мақсетинде басқа аймақлардан Ташкент қаласына кириў (автобус, микроавтобус, жеңил автотранспорт, авиарейслер ҳәм темир жол транспорт қураллары арқалы) тоқтатылған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.