Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, Қытай Халық Республикасында корнонавирустың жаңа типи эпидемиясы жүзеге келип, усы жылдың 24-март ҳалатына дүнья жүзинде 382214 адамда усы кеселлик анықланған. Соннан, бүгинге келип 16563 адам қайтыс болған. Қытайда 81 405 адам кеселленип, соннан 3277 си дүньядан көз жумған.

Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнде Өзбекстанда 49 адамда коронавирус инфекциясы анықланған.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми жаңа коронавирусқа рәсмий атама берди. Ол Covid-19 вирусы, деп аталады. Кеселлик Қубла Корея, Италия, Япония, Сингапур, Вьетнам, АҚШ, Таиланд, Австралия, Тайвань, Малайзия, Франция, ҳ.т.б. мәмлекетлерде анықланған. Наўқаслардың көпшилиги, дене температурасының жоқары, дем алыўы қыйын екенлиги туўралы мәлим еткен. Көкирек клеткасы рентгенографиясы оларда өкпесиниң зыянланғанлығын (пневмония) көрсеткен.

Коронавирус семействосына киретуғын вируслардың тек жетеўи адамға жуғыўы мүмкин. Инфекция орташа шамаллаўдан өлимге шекем алып келиўи мүмкин болған аўыр өткир респираторлық синдромды шақырады. Тийкарғы инфекция дәреги жабайы ҳәм үй ҳайўанлары, наўқас адам есапланады. Жуғыў жолы ҳаўа – тамшы. Адамнан адамға жуғады. Бүгинги күнге шекем, оннан аслам медицина хызметкерлериниң өзлерине кеселликти жуқтырып алғанлығы анықланған.

– Кеселлик дене температурасының қатты көтерилиўи, күшли раўажланбаған улыўма зәҳәрлениў белгилери менен басланады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы бас шыпакериниң орынбасары, медицина илимлериниң кандидаты В.Абсаттарова. – Сондай-ақ, балаларда дем алғанда көкирек клеткасында аўырыў, жөтел, үшпелек ысқырғындай қурғақ сырылды еситиледи. Коронавирус инфекциясы өткир пневмония менен асқыныўы мүмкин.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен 2020-жылдың 11-март күни усы кеселлик дүнья бойлап тез тарқалып атырғанлығы себепли, оның «пандемия» жағдайы екенлиги жәрияланды.

Қарақалпақстан Республикасында кеселликтиң кирип келиўиниң алдын алыў бойынша Республикалық муўапықластырыўшы штабы шөлкемлестирилип, онда тийисли тараў қәнигелеринен ибарат нәўбетшилик дүзилип, кеселликтиң алдын алыў бойынша илажларды шөлкемлестириў ҳәм биргеликте әмелге асырыў жолға қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына муўапық, барлық қала ҳәм районларда коронавирус инфекциясыниң сырттан кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша, жәми 24 қәнигеден ибарат оператив топарлар дүзилди.

Қарақалапақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының тапсырмасы тийкарында барлық қала ҳәм районлардағы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларында жәми 34 қәнигеден ибарат 17 дезинфекциялаў топарлары дүзилип, олар дезинфекциялаў ушын керекли әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Сондай-ақ, орайларда коронавирус инфекциясы бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў ушын 106 үгит-нәсият топарлары шөлкемлестирилди.

Қәнигелер тәрепинен мәмлекет шегараларын кесип өтип атырған ҳәр бир пуқараның дене температураларын өлшеў ҳәм улыўмалық саламатлық жағдайын баҳалаў жумыслары әмелге асырылмақта. Буннан тысқары кеселлик орайында болып келген ҳәр бир пуқараның мағлыўматлары алынып, орайлық штабқа 14 күнлик медициналық бақлаўға алыў ушын жиберилмекте.

Бүгинги күнге шекем Қытай Халық Республикасы, Қубла Корея ҳәм Япония сыяқлы мәмлекетлерден Қарақалпақстан Республикасы аймағына кирип келген 546 пуқара медициналық бақлаў астына алынған, олардан 89 пуқара ҳеш қандай кеселлик белгилери жүзеге келмегенликтен 14 күнлик бақлаў астынан шығарылған.

Коронавирус пенен кеселленгенлер ҳәм олар менен байланыста болған пуқаралар ушын Нөкис районында 100, Тақыятас районында 100 ҳәм Нөкис қаласында 250 койкаға мөлшерленген орынлар ажратылған ҳәм барлық шараятлар жаратылган. Егер кеселлиги анықланған наўқас дизимге алынса Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын және қала ҳәм районларда 195 орын шөлкемлестирилген.

Жәмийетлик орынларда ҳәм ҳәрекетлениўши транспортларда турақлы түрде профилактикалық дезинфекциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Респубикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайында жайласқан вирусология лабораториясы коронавирусты анықлайтуғын барлық реактивлер менен жетерли дәрежеде тәмийинленген.

 

Еслетип өтемиз: Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы усы кеселликтиң алдын алыў мақсетинде пуқаралардан кеселликтиң алдын алыўда жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўин ҳәм өз денсаўлығына итибарлы болыўын, егер өзинде коронавирус инфекциясы белгилери сезилсе емлеў профилактикалық мәкемелерге, аймақлық поликлиникаларға хабарласыўын усыныс етеди.

 

Кеселликтиң аўыр өтетуғын бақлаўға алынатуғын қәўипли топарларына төмендегилер киреди:

  • Ҳәмиледар ҳаяллар, әсиресе III-триместрда;
  • Туўыўдан кейинги дәўирдеги ҳаяллар, балалар ҳәм үлкен жастағы адамлар (2 жастан киши, 65 жастан жоқары);
  • Артықша салмақлы наўқаслар;
  • Созылмалы кеселлиги бар наўқаслар (өкпе кеселликлери, бронх астмасы, созылмалы бронхит, жүрек-қан тамырлары кеселликлери, қантлы диабет ҳ.т.б.).

 

Вирустың даўасы: арнаўлы еми жоқ. Емлеў илажларының тийкарын дем алыў ҳәм басқа зыянланған ағзалардың хызметин тиклеў қурайды. Вирусқа қарсы препаратлар қолланылады. Симптомлы емлеў усылынан пайдаланылады.

Кеселликтиң алдын алыў бойынша бүгинги күнде вакцина жоқ.

  • Коронавируслы кеселликлер дизимге алынған мәмлекетлерге барыўдан алдын сақланыў илажлары менен толық танысыў зәрүр.
  • Тири ҳайўанлардың базарларына барыўшылар, ҳайўанлар яки олардың өнимлери менен қатнаста болыўшы адамлар системалы түрде улыўма гигиена қағыйдаларына бойсыныўы талап етиледи. Әсиресе, ҳәр бир қарым-қатнастан соң қолды сабынлап жуўыў усыныс етиледи. Жуўмай турып қол менен бет, аўыз, мурынды услаў қадаған етиледи.
  • Белгисиз ҳәм кеселленген ҳайўанлар, сондай-ақ, олардың шийки затлары менен қатнаста болмаў керек.
  • Базар, дүкан имаратлары ҳәм ашық майданлардағы топырақ ҳайўанның шығындылары менен патасланбаўы талап етиледи.
  • Писирилмеген ҳәм шала писирилген гөш өнимлерин жеў қадаған етиледи.
  • Шийки гөш, сүт ҳәм ҳайўанлардың ишки ағзаларынан пайдаланғанда қорғаныў илажларын көриў шәрт.
  • Базар, малларды сойыў пунктлеринде ислеўшилер ҳәм ветеринария хызметкерлери жоқарыда көрсетилген талапларға әмел етиўи шәрт.
  • Жумысшылар қорғаныў кийимлери, маска ҳәм қолғап пенен ислеўи талап етиледи. Пайдаланылған қорғаныў кийимлерин ҳәр күни зыянсызландырыўы тийис.
  • Аўқатланыўдан алдын ҳәм көшеден келгенде қолларды сабынлап жуўыў талап етиледи.
  • Тири ҳайўанларды сатыў орнында, гөш ҳәм гөш өнимлери менен саўда ететуғын орынларда, ығаллығы жоқары болған саўда орынларында системалы түрде дезинфекциялаў жумыслары алып барылыўы талап етиледи.
  • Жоқары дем алыў жоллары өткир кеселликлерге шалынған наўқаслар менен қатнаста болғанда кеселлик жуғыўының алдын алыў мақсетинде медициналық маскадан пайдаланыў шәрт.
  • Коронавирус инфекциясы дизимге алынған еллерден келген адамлар ушын:
  • Егер коронавирус инфекциясы дизимге алынған еллерден келген соң 14 күн ишинде кеселликтиң белгилери бақланса, шыпакерди тез үйге шақырыўҢ
  • Кеселликти басқа шаңарақ ағзаларына жуқтырмаў ушын қатнасты шеклеў, бөлек ыдыс-табақтан пайдаланыў (пайдаланған ыдыс-табақларды сабынлы, қайнаған суўда жуўыў);
  • Наўқасты күтип-қарап атырған жақынлары медициналық маскадан пайдаланыўы ҳәм наўқас пенен ҳәр бир қатнастан соң қолларын сабынлап жуўыўы;
  • Кеселликтен саўалғанға шекем зәрүрлик болмаса сыртқа шығыўды шеклеў талап етиледи.

 

Жазып алған:  Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.