Бүгинги күнде фермерликти ҳәм қыйтақ жерлерден пайдаланыўды   раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып, әсиресе, фермер хожалықларында, үй алды қыйтақ жерлерде теплица  ҳәм парниклердиң жолға қойылыўы базарларымыздың мийўе-овощ өнимлери менен толы болыўын тәмийинлеў менен бирге, дийқан-фермерлердиң  дәраматлары артыўына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық  инспекциясы агроном-инспекторлары  тәрепинен бүгинги күнде мине усы теплицалар  менен  парниклерде жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң  фитосанитариялық тазалығы карантин тексериўинен өткерилип, базарларға сатыўға ҳәм экспортқа шығарыўға рухсат етилмекте.

– Ҳәзирги күнде теплицаларда тийкарынан овощ өнимлери жетистирилмекте. Олардан  помидор ҳәм қыяр өнимлери егилген теплицалар көпшилигин қурайды,-дейди инспекцияның ишки карантин  бойынша жетекши агрономы Улуғбек Жумамуратов. – Теплицалар ҳәр қандай зыянкеслердиң ҳәм кеселликтиң раўажланып, тез тарқалатуғын орайы болғанлықтан, теплицалардағы өсимликлер агроном-инспекторлар тәрепинен ҳәр үш күннен карантин тексериўинен өткерилип, зыянкеслерди анықлаў ушын феромон тутқышлар қойылып, олар бақлаўдан өткерилип барылмақта.

Бул илажларда дийқан-фермерлерге өсимликлерди зыянлы  организмлерден қорғаўда алып барылатуғын агротехникалық жумыслар, зыянсызландырыў (фумигация) илажларының әҳмийети түсиндирилмекте.

Себеби, атыз шараятында өнимлерди зыянлы организмлерден қорғаў қаншелли әҳмийетли болса, теплицалардағы усындай жумыслар да сондай әҳмийетке ийе. Яғный, теплицаларда өним жетистириўдиң де өзине ылайық тәртип-қағыйдалары бар. Оларда  егинлердиң  өсип  раўажланыўына  қолайлы  шараятты жаратыў, зыянкеслерден қорғаў бойынша алып барылатуғын   илажлар өнимдарлықтың артыўын тәмийинлейди. Сонлықтан,  бул  бойынша жетерли билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў талап етиледи.

Бул зыянкеслер  тийкарынан помидор мийўесине, жапырағына кирип, геўик  жоллар пайда етип азықланады ҳәм оны экскриментлери менен толтырады. Личинканың шақаларға кириўи өсимликтиң сыртқы көринисин өзгертеди. Помидор  өсимлиги барлық  раўажланыў  дәўирлеринде нәлден вегетация ақырына шекем зыянланыўы мүмкин. Өсимликтиң барлық бөлеклеринде қара экскриментлердиң болыўы да зыянкестиң бар екенлигиниң белгиси.

– Өсимликтиң зыянлы организмлерге шыдамлылығын арттырыў ушын  минерал төгинлер бериў, өз ўақтында суўғарыў, зыянланған өсимликлерди  теплицадан шығарып көмиў яки жағып жибериў, жабайы шөплерден тазалаў  ҳәм теплицада дезинфекция жумысларын әмелге асырыў зәрүрлиги бойынша үгит-нәсият жумысларын алып бармақтамыз,-дейди агроном-инспектор Динара  Халдурдиева. – Помидор өниминиң қәўипли  зыянкеси есапланған «Помидор күйеси» зыянкеси ҳәм оған қарсы гүресиў илажлары бойынша мағлыўматлар берип келмектемиз.

Өсимликлер карантинине байланыслы тәртип ҳәм қағыйдалар, сондай-ақ, талапларға әмел етиў дийқан-фермерлердиң сапалы өним жетистириўине тийкар болып, өнимдарлығын арттырады. Бул елимизде аўыл хожалығы  өнимлери экспортының және де  раўажланыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.