Коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың 30 ы сырт еллерде болып қайтқан. 18 пуқара олар менен жақын байланыста болып, «COVID-19»ды жуқтырып алған. Ҳәзирги ўақытта усы кеселликке шалынған 20 жаслы бир пуқараның қандай жағдайда усы инфекцияны жуқтырғанлығы анықланбақта. Бул ҳаққынжа ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, сырт елде болып қайтқан 1 пуқарадан оның 14 шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына усы инфекция өткен. Және бир мысал, сырт елде болып қайтқан ерли-зайыптан шаңарақ ағзаларының 7 еўине коронавирус инфекциясы жуққан.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда вирус пенен зыянланыўдың дәслепки жағдайы 15-март күни Парижден ушып келген пуқарада анықланған еди.

Кейин ала Лондон, Стамбул, Дубай ҳәм Москвадан келген авиарейслердиң жолаўшыларында ҳәм олар менен байланыста болғанларда вирус анықланды. 22-мартта олардың қатарына Швейцарияда болып қайтқан наўқас та қосылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.