Усы жылдың 23-март күни урыс ҳәм мийнет ветераны, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист, «Шуҳрат» ҳәм «Жасорат» медальларының ийеси Нурулла Абдуллаев 95 жасында қайтыс болды.

Н.Абдуллаев 1925-жылы Хожели районында туўылды. Жаслайынан Екинши жер жүзилик урысқа қатнасып, фашизмге қарсы алып барылған саўашларда мәртлик үлгилерин көрсетти.

Урыстан соңғы жыллары Балтика бойлары ҳәм Түркистан әскерий округлеринде ҳәр қыйлы офицерлик лаўазымларында хызмет етти.

1946-жылы Харьков атындағы әскерий медициналық училищесин, 1951-жылы Москва жоқары милиция мектебин табыслы тамамлады.

1947-жылы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеўши лаўазымына жумысқа орналасып, соңын ала айрықша бөлимниң баслығы, тергеў бөлиминиң баслығы, Қоңырат районлық Ишки ислер бөлиминиң баслығы лаўазымларында жумыс алып барды.

1970-1981-жыллары Нөкис қаласы прокуроры, буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик мүлк комитети юридика бөлиминиң баслығы лаўазымларында жемисли мийнет етти.

Ол қайсы лаўазымда ислемесин, өзиниң терең билими, мийнетсүйгишлиги, талапшаңлығы, жоқары адамгершилик пазыйлетлери менен ажыралып, шебер шөлкемлестириўшилик уқыбына ийе басшы сыпатында кеңнен танылды ҳәм жәмийетшилик арасында үлкен ҳүрмет-абырайға еристи.

Н.Абдуллаевтың елимиз қәўипсизлигин тәмийинлеў, тынышлықты сақлаў, жәмийетлик тәртипти беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў ислерине қосқан салмақлы үлеслери, шәкиртлер таярлаўдағы мийнетлери мүнәсип баҳаланып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағы, «Шуҳрат» ҳәм «Жасорат» медальлары менен сыйлықланды.

Халқымыздың тынышлығы ҳәм елимиздиң және де раўажланыўы жолында аянбай мийнет еткен кишипейил инсан, урыс ҳәм мийнет ветераны, үлгили устаз Нурулла Абдуллаевтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.

 

М.Ерниязов, Қ.Сариев, А.Ҳамраев, Х.Каримов,

А.Темирханов, Ш.Уснатдинов, П.Торешов.