Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-март күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў басында еки мәмлекет жетекшилери бир-бирин және туўысқан Өзбекстан ҳәм Қазақстан халықларын бәҳәр, жасарыў ҳәм жаңаланыў байрамы – Наўрыз бенен қызғын қутлықлады.
Бул әййям бурыннан өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықлары, уқсас тарийх, мәденият ҳәм дәстүрлер менен тығыз байланыста болған халықларымыздың мәнаўий-мәдений жақынлығының көриниси екени айрықша атап өтилди.
Мәмлекетлеримизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, сондай-ақ, оның турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўға ҳәм көп қырлы Өзбекстан-Қазақстан қатнасықларының бүгинги жедел раўажланыўына унамсыз тәсирин азайтыў бағдарында көрилип атырған исенимли илажлар толық қоллап-қуўатланды.
Ҳүкиметлер дәрежесинде ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў ҳәм тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли тәреплери де көрип шығылды, регионналлық бирге ислесиў ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА