Быйыл бәҳәр мәўсиминиң ерте келиўи, аўыл хожалығы  өсимликлериниң алдынғы жылларға қарағанда ерте бөртип, көгериўине алып келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Гидрометеорология басқармасының  мағлыўматларына қарағанда, усы жылы март айының ақыры апрель айының  басларында жүзим ҳәм тут ағашлары бөртип баслайды. Бул ўақыт аралығы   жүзим ағашында өз ўақтына салыстырғанда, 1-1,5 ҳәптеге, тут ағашында  болса,  1,5-2 ҳәптеге өзгерис пайда етеди. Сондай-ақ, апрель айының  дәслепки он күнлигинде тут ағашының жапырақлары шығып баслайды. Бул  болса,  нормаға  салыстырғанда, 6-12  күнге  парықланады. 

– Бул ояныў дәўириниң көрсеткишлери аўыл хожалығында    агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыўды талап етеди,-дейди Қарақалпақстан  Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық  инспекциясының жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша қәнигеси Муслима Пирниязова. – Әсиресе, тереклер бөртик шығарып, жапырақ  шығармастан алдын оларды карантин бақлаўынан өткериў, зыянкеслерге  қарсы агротехникалық илажларды алып барыў талап етиледи.

Усы мақсетте, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер  карантини агроном-инспекторлары тәрепинен аймақларда дийқан-фермерлер  ҳәм қыйтақ жер  ийелерине тут ҳәм жүзим ағашында ушырасатуғын   зыянкеслерге қарсы карантин илажлары өткерилмекте. Бунда зыянкеслердиң    өним сапасына тәсири, оларға қарсы гүресиў усыллары бойынша үгит-нәсият   жумыслары алып барылмақта.

Зыянкеслер тийкарынан топырақта ҳәм мийўе ағашларының шақалары, қабығы ҳәм геўиклеринде қыслайды.

–  Ҳәзирги  күнде  жүзим   ағашында ушырасатуғын зыянкеслерге де  қарсы  гүресиў   илажлары алып   барылмақта,-дейди  Әмиўдәрья  районы  агроном-инспекторы Равшанбек Ходжаев. – Жүзим ағашында қарсылдақ  ғоңыз ушырасыўы мүмкин. Fоңыз ҳәм оның личинкалары жас жүзим  нәллериниң жер астындағы тамырларын кемирип зыян тийгизеди. Бул  зыянкестиң  бир  неше  түри  болып,  олар  топырақта  (20 см.ге  шекем  тереңликте) ғонызлық ҳәм личинкалық басқышларында қыслайды. Олар  март-апрель айларында қыслаўды тоқтатып, жер бетине шығады ҳәм топыраққа туқым қояды. Туқымнан шыққан личинкалар дәслеп шириндилер  менен азықланады, орта ҳәм үлкен жастағылары егилген нәллердиң  тамырларын кемирип зыян келтиреди. Бул зыянкеске қарсы гүресиў  илажларын алып барыў, яғный, жерлерди жумсартыў, сүриў, жабайы  шөплерди жоқ етиў, суўғарыў қуртларды бир қанша азайтады.  Егер нәл  егилетуғын майданда ғоңызлардың көп екенлиги анықланса,  егиўден  алдын нәллердиң тамыры батырылатуғын суўға азырақ пестицид араластырыў керек.

Ҳаўа райы ҳәм ҳаўаның ығаллығы зыянкеслердиң раўажланыўына тәсир  ететуғын тийкарғы факторлардың бири. Сонлықтан, агроном-инспекторлар    гидрометеорология басқармасы мағлыўматларына сүйенген ҳалда тереклер  жапырақ шығармастан алдын, яғный, қыслаўдан оянған зыянкеслерге қарсы  гүресиў илажларын алып барыўы талап етиледи.

Өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаў бойынша алып барылып  атырған бул илажлар елимизде сапалы аўыл-хожалығы өнимлерин   жетистириўге, сондай-ақ, елимизде фитосанитариялық тазалықты  тәмийинлеўге хызмет етеди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.