Ҳәммени тәшўишке салып атырған коронавирус инфекциясының алдын алыў илажлары республикамыздағы тийисли мәкемелер тәрепинен шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Ең баслысы, ҳәммемиз шыпакерлер тәрепинен берилген көрсетпелерге әмел етиўимиз керек.

– Бул кеселликтиң алдын алыў бойынша пайтахтымызда бир қатар илажлар шөлкемлестирилди,-дейди Нөкис қалалық Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас шыпакери Р.Бекмуратова. – Халық арасында, жоқары оқыў орынларында тийисли профилактикалық үгит-нәсият, түсиник жумыслары алып барылды. Жоқары оқыў орынлары менен бир қатарда, улыўма билим бериў мектеплеринде, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде, емлеў профилактикалық мәкемелерде, пуқаралар жыйынларында санитариялық-ағартыўшылық илажлары әмелге асырылды.

Онда илаж қатнасыўшыларына коронавирус бойынша арнаўлы түрде таярланған плакат, буклет ҳәм тарқатпа материаллар тарқатылды.

Усы жыл 16-марттан берли автобәндиргилерде, автовокзалларда, барлық оқыў орынларында ҳәм басқа да адам көп жыйналатуғын орынларда үгит-нәсият жумыслары менен бир қатарда дезинфекциялаў ҳәм дезинсекциялаў жумыслары алып барылмақта.

Усы күнге шекем Нөкис қаласына сырт елден келген пуқаралардың саны 41ге (соннан шет ел пуқаралары 6) жетти. Сырт елден келген пуқараларға аймақлық шаңарақлық емлеўхана ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы хызметкерлери тәрепинен 14 күнлик бақлаў жумыслары жүргизилмекте. Усы күнге шекем сырт елден келген 23 пуқараның бақлаўы тамамланды. Ҳәзирги ўақытта олардың денсаўлығы жақсы. Ал, сырт елден келген 28 пуқараға болса, бақлаў даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта олардың денсаўлығында ҳеш қандай өзгерис сезилмеди.

Биз барлық пуқаралардан «жақсы нийет – ярым ырыс» дегениндей усы кеселликтиң алдын алыў мақсетинде шыпакерлер тәрепинен берилген усынысларға әмел етиўин сорап қаламыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.