Үстирт газ қазып алыў басқармасына қараслы «Арқа Бердақ» газконденсат кәниндеги 81-санлы қудықта бураўлаў жумыслары жуўмақланды. Қудықтың 2613-2598 м, 2380-2376 м, 2340-2332 м интерваллары аралығында перфорациялық жумыслар алып барылыўы нәтийжесинде қудықтан күнлик 70 мың куб метр санаат типиндеги тәбийғый газ қазып алыныўына ерисилди.

Сондай-ақ, 2006-жылда иске түсирилген усы кәндеги 71-санлы қудықтағы бураўлаў жумыслары да өз жуўмағына жетип, қудықтың 2362-2359 м, 2352-2349 м, 2277-2273 м, 2266-2262 м интерваллары аралығында перфорациялық жумыслар алып барылды. Нәтийжеде бул қудықтан да күнине 70 мың куб метрлик санаат типиндеги тәбийғый газ қазып алына басланды.

 

Райондағы «Шығыс Бердақ» газконденсат кәниндеги 64-санлы қудықта да бураўлаў жумыслары жуўмақланды. Бул қудық райондағы «Үшсай» тәбийғый көли жағасында жайласқан болып, қудықта жердиң юра қатламларынан күнине 100 мың куб метрлик санаат типиндеги тәбийғый газ қазып алыў жумыслары әмелге асырылмақта.

«Шығыс Бердақ» газконденсат кәни 2002-жылы ашылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.