АҚШта SARS-CoV-2  коронавирусқа қарсы эксперименталлық вакцинаның клиникалық сынақлары басланды. Бул ҳаққында xabar.uz  сайты хабар берди.

Сынақлар Сиэтлде, Kaiser Permanente Washington Research изертлеўлер институтында өткерилип атыр. Сынақларда 45 кеўиллилер қатнаспақта.

Биринши инъекция киши технология компаниясының менеджирине исленди. Ол ҳәм қалған 44 кеўилли бир ай даўамында вакцинаның еки дозасын алады.

Вакцина қашан таяр болатуғыны ҳәзирше белгисиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги