Соңғы ўақытлары пуқараларымыздан «Өткен жыл ушын жер ҳәм мүлк салықларын төлеп қойсақ та, тийкарсыз пеня есапланыпты»,-деген гәпти жийи еситиўимизге туўра келди. Қоңсы апайдың мәкан пуқаралар жыйынына пенсия алыўға барғанда қолына услатып жиберген бизиң үйге тийисли А00058039-санлы төлем хабарнамасын алғаннан кейин өзимиз де буның гүўасы болдық.

Өткен жылдың мүлк салығына 81 мың, жер салығы ушын 109 мың, жәми  190 мың 500 сумды 2019 жылдың 6 сентябрь күни төлеп қойсақта, өткен жыл ушын мүлк салығына 80 мың 727,5 , жер салығы ушын 108 мың 243,8, жәми  188 мың 971,3 сум қарыз, 6390,8 сум пеня есапланған. Бул жерде түсинбеўшилик болған шығар деп, төлем хабарнамасында номери көрсетилген жуўаплы хызметкердиң қол телефонына шықтық. Бир нешше мәрте қоңыраў етсек те ала алмадық. Ақырында Нөкис қалалық Мәмлекетлик салық инспекциясының баслығына қоңыраў еттик. Бизде төлемде түсинбеўшилик болып атыр, төлем хабарнамасында номери көрсетилген жуўаплы хызметкериңиз телефонын көтермейди,-десек, «бул хызметкеримиз буннан бир-еки ай бурын жумыстан босап кетип еди»,-деген жуўапты алдық. Төлем хабарнамасы усы жылдың 11-февралы күни толтырылған болса, бундай әўерегершилик кимге керек.

Халық ҳәмме нәрсеге шыдайды, бирақ, әдалатсызлыққа шыдамайды. Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи тийис».-деген пикири салық уйымлары хызметкерлерине толық жетип бармаған көринеди. Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының жаңадан сайланған басшылары салық төлемлерин есаплаўдағы бундай қәте-кемшиликлерден, халқымызды қыйнап киятырған машқалалардан тийисли жуўмақ шығарады,-деген үмиттемиз…

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.