2020-жыл 12-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде Европа мәмлекетлериндеги Өзбекстан дипломатиялық ўәкилханалары басшыларының есабаты тыңланды.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң парламентке Мүрәжаты, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2020-жыл 20-январьда өткерилген биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинен келип шығатуғын тийкарғы ўазыйпаларға бағышланды.

Мәжилистиң жумысына Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, Сенат ағзалары, республиканың жуўапкер министрликлери ҳәм уйымларының басшылары менен ўәкиллери, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Европа мәмлекетлериндеги Өзбекстан дипломатиялық миссияларының басшылары тәрепинен сырт мәмлекетлер менен еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў бойынша «Жол карталары»н орынлаў бойынша әмелге асырылған жумыслар, соның ишинде, экспортты кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм республика аймақларындағы туристлердиң ағымын арттырыўға қаратылған анық жойбарларды әмелге асырыў ҳаққындағы есабатлар усынылды.

Өткерилген ашық ҳәм мақсетли додалаўда дипломатиялық миссиялардың барлық мәселелери ҳәм тийкарғы ўазыйпалары көрип шығылды, олардың жумысына сын көзқарастан баҳа берилди ҳәм сырт елде республиканың экономикалық мәплерин үгит-нәсиятлаўдағы системалы кемшиликлер көрсетип өтилди.

Мәмлекет аймақларында айырым инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўдағы кемшиликлерге айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте Өзбекстанның бир қатар елшиханаларының жумысы күшейтилгени атап өтилди. Соның менен бирге, айырым дипломатиялық миссиялар басшыларының жумысында үлкен кемшиликлердиң бар екенлиги атап өтилди.

Дипломатиялық ўәкилханалардың басшыларына толық усыныслар берилди ҳәм олардың алдына өз жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.

Мәжилис жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенаты Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң тийисли қарары қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети