Женевадағы Миллетлер сарайында Өзбекстанның БМШ жанындағы турақлы ўәкилханасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатине бағышланған брифинг өткерилди.

Парламентлераралық аўқам, БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша  Жоқары комиссары басқармасы, БМШтиң Женевадағы уйымы, Пүткил жер жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми сыяқлы жетекши халықаралық шөлкемлердиң басшылары, БМШ инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесине ағза болған мәмлекетлердиң дипломатиялық миссияларының басшылары, дипломатиялық корпус, эксперт-таллаў топарлары ҳәм  ҒХҚ ўәкиллерин бир орынға жыйнаған илажда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаңа шақырықтағы парламентке жоллаған Мүрәжатының тийкарғы мазмуны ҳәм республиканы раўажландырыў бойынша биринши дәрежели ўазыйпалар ҳаққында сөз етти.

Брифинг қатнасыўшылары Өзбекстанның 2021-2023-жыллары БМШ инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесине кириў бойынша қарарын және бул абырайлы шөлкемге ағза етип сайланған жағдайда республиканың тийкарғы бағдарларын мақуллады.

Самарқандта усы жылдың май айында шөлкемлестирилетуғын Инсан ҳуқықлары бойынша форум эксперт жәмийетшилиги ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллеринде үлкен қызығыўшылық оятты. Форум шеңберинде елимиз тәрепинен халықаралық бирге ислесиўшилер менен биргеликте ислеп шығылып атырған «Жаслар ҳуқықлары ҳаққында»ғы конвенцияның жойбарын додалаў режелестирилген.

Өзбекстанда Инсан ҳуқықлары бойынша миллий стратегия жойбарының ислеп шығылғаны унамлы тән алынды.

Қатнасыўшылар Президент Шавкат Мирзиёевтиң регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў, Аўғанстан машқаласын сапластырыў мәселелери бойынша көзқараслары және көп шериклик Траст фондының Аралбойы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша жумысы менен таныстырылды.

Брифинг даўамында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың ҳәр түрли тараўларына бағышланған тийисли мәлимлеме материаллары тарқатылды.

 

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан

Республикасы Миллий орайының баспасөз хызмети.

 

ӨзА