Олий Мажлис Сенаты тәрепинен жергиликли кеңеслердиң жумысын раўажландырыў, жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли ҳәкимияттың бөлиниў принципи тийкарында конституциялық нормаларды енгизиў ҳәм тараўдағы реформаларды өзинде сәўлелендирген оқыў-семинарлары өткерип келинбекте.

Видеокнференцбайланыс түринде өткерилген гезектеги оқыў-семинарында халық депутатлары Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәм усы аймақлардың районлық, қалалық кеңеслериниң депутатлары қатнасты.

Сенат Баслығы Т.Норбоева Олий Мажлис палаталарының мәжилислеринде Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар ҳәм бул бағдарда ўәкилликли уйымлардың ролине тоқтап өтти.

Семинарда жергиликли бюджетти, аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын қәлиплестириў ҳәм орынланыўы үстинен нәтийжели қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, атқарыў ҳәкимияты басшыларының есабат ҳәм мәлимлемелерин тыңлаў ушын нәтийжели механизмлерди енгизиў мәселелери додаланды.

Соның менен бирге, аймақлық ҳәм халықаралық биргеликтеги бағдарламалардың орынланыўы бойынша тәсиршең депутатлық қадағалаўды күшейтиў, кеңес жумысына жасларды кеңнен тартыў, олардың кеңес қарарларын қабыллаўдағы қатнасын кеңейтиў мәселелерине де итибар қаратылды.

Семинарда Сенат комитетлери ҳәм жергиликли кеңеслер жумысының нәтийжелилигин арттырыў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, депутатлар ҳәм сайлаўшылар арасында нәтийжели қарым-қатнас орнатыў ҳәм олардың жумысын санластырыў мәселелерине итибар берилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА