Нөкис қаласындағы 36-санлы улыўма билим бериў мектебинде спортшы жаслар менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Ушырасыўда өзиниң спортта ерискен табыслары менен жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант есабынан оқыўға кирип оқып атырған студентлерден еркин гүресшилер Саҳипжамал Алеўатдинова, Шахсәнем Жарылқағанова, аўыр атлетикашы Байрам Айтмуратовлар шығып сөйлеп, оқыўшыларға өзлериниң ерискен жетискенликлери туўралы мағлыўмат берди. Спорт пенен шуғылланыўдың инсан денсаўлығының беккем болыўы ушын пайдалы екенлигин атап өтип, оқыўшылар тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

– Мектебимизде спортқа қызығып, ҳәр қыйлы спорт секцияларына қатнап атырған оқыўшыларымыз көп,-дейди мектептиң денетәрбия пәни муғаллими М.Халмуратова. – Бул илаж пән айлығы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар тәлим-тәрбиясы ушын қосымша шараятлар жаратыўға қаратылған комплексли илажларды өз ишине алған бес басламаның екиншиси бойынша жасларды денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў мақсетинде өткерилмекте. Бул жасларымыздың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыўға хызмет етеди, деп ойлайман.

Илажда спорттың гимнастика, каратэ, кикбокс ҳәм басқа да түрлери менен шуғылланатуғын мектеп оқыўшыларының көргизбели ҳәм сахналық шығыўлары өткерилди.

Қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасының биринши Президенти И.Кәримов атындағы спорт музейи туўралы таярланған видеоролик ҳәм мектеп оқыўшыларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.