Пайтахтымыздағы «Hilton Tashkent City» мийманханасында 10-март күни «Өзбекстан-Нидерландия» агробизнес форумы жумыс баслады.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы тәрепинен шөлкемлестирилген илажда Нидерландия Патшалығы Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери, сондай-ақ, шарўашылық, қусшылық, бағшылық ҳәм басқа да тараўларда жумыс алып барып атырған 40 тан аслам компания ўәкиллеринен ибарат делегация қатнаспақта.

4.JPG

Форумнан гөзленген мақсет мийўе-овощ өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, шарўашылық ҳәм қусшылық, мийўели тереклер ҳәм өсимликлерди тәрбиялаў, ыссыханалар қурыў, сондай-ақ, бул бағдарларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара бирге  ислесиўди кеңейтиўден ибарат.

Нидерландияда аўыл хожалығын жүргизиў мәденияты жоқары дәрежеде қәлиплескенин пүткил дүнья тән алады. Жәҳәнниң раўажланған, ири мәмлекетлери менен салыстырғанда, жер майданы жүдә кишкене болған бул Европа мәмлекети аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты көлеми бойынша дүньяда 2-орынды ийелегени таң қалдырады. Сол мәнисте, Өзбекстан аўыл хожалығын заманагөй талаплар, халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў ушын Нидерландия Патшалығы менен бирге ислесиўди кеңейтиў жоқары нәтийже беретуғыны сөзсиз.

Ушырасыў даўамында еки елдиң исбилерменлери саўда-экономикалық байланысларды буннан былай да кеңейтиў ҳәм ҳәр түрли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады.

Нидерландия компаниялары ўәкиллери ыссыханалар структуралары, бағшылық ҳәм логистика, шарўашылық, қусшылық ҳәм саўда-сатық жумысына байланыслы өз презентацияларын көрсетти.

5.JPG

Форум шеңберинде еки ел исбилермен топарлары ўәкиллериниң қатнасында   В2В форматындағы ушырасыўлар да шөлкемлестирилди. Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги, ҳәр қыйлы кәрханалардың ўәкиллери және Патшалықтың Аўыл хожалығы министрлиги, сондай-ақ, мийўе-овощ, картошка жетистириў ҳәм қайта ислеў, инновациялық суўғарыў системалары, өсимлик жетистириў, ыссыхана қурыў, шарўашылық, атшылық, бағшылық, қусшылық ҳәм басқа да бағдарларда жумыс ислеп атырған ири компаниялардың жуўапкер хызметкерлери арасында қызғын пикир алысыўлар болып өтти.

Ашық пикирлесиўлер ҳәм келисимлер перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, бирге ислесиўдиң өз-ара пайдалы бағдарларын анық белгилеп алыў, қалаберди, Өзбекстан ҳәм Нидерландия исбилермен топарлары арасындағы қатнасықларды нәтийжели жолға қойыў имканиятын береди.

«Өзбекстан-Нидерландия» агробизнес форумы бағдарламасы шеңберинде Самарқанд қаласында да илажлар шөлкемлестириледи.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы