Шоманай районындағы қәнигелестирилген мектептиң 11-класс оқыўшысы Айнура Ережепбаева дунья жүзи бойынша IVY лигасы қурамына киретуғын жоқары рейтингте турыўшы Дартмут жоқары оқыў орнына 100 процентлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Ол IVY лигасына ағза жоқары оқыў орнына кирген қарақалпақстанлы биринши студент болды.

Ажыратылған грант ишинде оқыў, жатақ жай, виза, жол ҳақы ҳәм стипендия сыяқлы имканиятлар жаратылған.

Мағлыўмат ушын,  “IVY LIGASÍ” қурамына төмендеги 8 университет киреди.

1.Brown University

2.Harvard University

3.Dartmouth College

4.Yale University

5.Columbia University

6.Cornell University

7.University of Pennsylvania

  1. Princeton University

– Айнура мектебимиздеги ең белсенди, шаққан, қатарларына үлги қызлардың бири. Сабақларын жақсы оқып, жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип бәрқулла жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Инглис, рус тиллерин де жақсы биледи. Ол быйыл басқа питкериўшилер қатарында сырт еллердеги онлайн ҳүжжет тапсырылатуғын ең белгили жоқары орынларына тапсырып,  АҚШтағы Дартмут жоқары оқыў орнына кириўге еристи. Мектебимиз жәмәәти атынан оқыўшымыздың келешектеги жумысларында әўметлер тилеймиз,-дейди мектеп директоры Әмирхан Қайпназаров.

Айнура Ережепбаева 4 жыл даўамында оқыўы ушын 384 480 АҚШ долларлық грант ийеси болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги