Усы жылдың 1―7-май күнлери Сурхандәрья ўәлаяты Байсун районында жетинши халықаралық «Байсун бәҳәри» фольклор фестивалы болып өтпекте.

Фестиваль шеңбериндеги халықаралық таңлаўға Тахтакөпир районлық Мәденият бөлиминиң «Мийрас» фольклор-этнографиялық халық жәмәәти «Аўылда той» ҳәм қарақалпақ миллий ойынларынан дүзилген композициялары   менен қатнаспақта.

Сондай-ақ, усы фестивальдың ашылыў салтанатында «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығының лауреаты М.Төребеков, халықаралық таңлаўлардың жеңимпазы, жыраў З.Нуратдинов, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшылары, талантлы бақсы қызлар  Г.Утепбергенова  ҳәм А.Рейимбаевалар қатнаспақта.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирде фестиваль шеңбериндеги таңлаўлар басланды. Фестивальдың ашылыў мәресими бүгин кеште болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги