Өзбекстан кәсиплик аўқамлары  Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси хызметкерлери  «Аралды меҳир қутқарады» атамасындағы басламасы шеңберинде Мойнақ районында болып, Арал теңизиниң қурыған ултанына нәл егиў, сондай-ақ, район аймағында қурылып атырған «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайының әтирапын абаданластырыў және көклемзарластырыў илажларына қатнасты.

Бүгинги күни мәмлекетимиз басшысының басламасы менен теңиздиң қурыған ултанын тоғайзарлыққа айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бундай қайырқомлық ислеринде барлық ўәлаятлардан келген көмекшилер, соның ишинде, жаслар менен әскерий хызметкерлер белсендилик көрсетпекте. Өткен жылы 1 миллион 125  мың гектар майдан егиске таярланып, соның 500 мың гектарына сексеўил, қандым ҳәм басқа да шөлге шыдамлы дақыллар егилген болса. быйылғы жылы 700 мың гектарға егиў режелестирилмекте. Бул ислерден кәсиплик аўқамлары хызметкерлери де шетте қалмады. Олар усы күни нәл егиў ислерине өзлериниң үлеслерин қосты.

Хызметкерлер район орайындағы «Ашық аспан астындағы кемелер» ҳәм «Арал теңизиниң тарийхы» музейлери менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы қәўендерлигинде кем тәмийинленген шаңарақларға турақ жай берилмекте. Усы күни райондағы  «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Азамат Карибаев, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Сабырхан Едилбаев, «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Ақмарал Кенжалиева. «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гүлпара Аяпбергенова, «Арал» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Қәлемқас Аманжолиеваларға жаңа турақ жайлардың гилтлери тапсырылды.

Усы жердиң өзинде  Арал теңизиниң қурыған ултанына нәл егиў жумысларына қатнасып атырған көмекшилер менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Оларға Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баҳалы саўғалары тапсырылды.

-Президентимиздиң басламасы менен  Мойнақ районындағы дөретиўшилик, соның менен бирге, Арал теңизиниң қурыған  ултанын тоғайзарлыққа айландырыў бойынша кең көлемли жумысларға үлес қосыў ҳәр биримиздиң инсаныйлық миннетимиз,-дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим меңгериўшиси Гүлнара Илмурадова.- Сапарымыз даўамында «Мәденият Мойнақтан басланды»,-деген ийгиликли нийеттиң бүгинги күни ҳақыйқатқа айланып атырғанының гүўасы болдық. Әлбетте. бундай қайырқомлық ислеринде кәсиплик аўқамлары ҳәмийше алдыңғы сапта болыўы тийис.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары  Федерациясы тәрепинен райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында  «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайының қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул саўалландырыў орайында ҳәр бир гезегинде 250, жыл даўамында 1500 бала дем алады. Олардың кеўилли дем алыўы ушын барлық шараятлар жаратылады. Қурылысшыларға ҳармасын айтқан кәсиплик аўқам хызметкерлери саўалландырыў орайының әтирапын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларында да белсендилик көрсетти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.