Ажимуратов Азамат Лепесбаевич  – Қарақалпақстан Республикасы Мəлимлеме ҳəм ғалаба коммуникациялар басқармасының шешимине көре, Бозатаў  районы ҳəкимлиги Мәлимлеме хызметиниң баслығы – район ҳəкиминиң баспасөз хаткери, мəлимлеме сиясаты мəселелери бойынша мəслəҳəтшиси лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баспасөз хызмети хабар берди.

Азамат Ажимуратов 2018-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң журналистика қəнигелигин тамамлап, өз мийнет жолы даўамында Қарақалпақстан хабар агентлиги ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызметинде жумыс алып барды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги