Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын жәнеде қоллап-қуўатлаў ҳәмде шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Пәрманның орынланыўы бойынша барлық аймақларда халық арасында үгит-нәсиятлаў, оның мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў ҳәм әмелде ен жайдырыў жумыслары алып барылмақта.

Усы тийкарда Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйынында райондағы сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, пуқаралар жыйынларының ақсақаллары, тийисли мәкеме ҳәм шөлкем жетекшилериниң қатнасыўында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңаракты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пәрманның мазмун-мнисине кеңнен тоқтап өтти.

Өткерилген илажда усы аўыл пуқаралар жыйынындағы шаңарақлардың жасаў жағдайлары ҳәм турмысында ушырасып атырған машқалалары үйренилди. Бул жерде халық арасында ушырасып атырған машқалалардың бири жумыссызлық екенлиги сөз етилип, сол жердиң өзинде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша районлық Бәнтликке көмеклесиў орайына тийисли тәртипте тарсырмалар ҳәм пуқараларға жолламалар берилди.

Илажда «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы имканияты шекленген бирақ, жумыс ислеўге тилек билдирген пуқаралар жасайтуғын шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен берилген мийўе нәллери отырғызылды.

Сондай-ақ, АПЖ турғынлары болған 3 жасқа районлық ҳәкимлиги фондының жер майданлары есабынан 1 гектардан жер берилди.

– Барлық тараў басшыларының халық арасында жүриўи, олардың жасаў жағдайы, турмысы менен танысыўы, машқалаларына шешим табыўда шын кеўилден жәрдем бериўи шәрт. Халық бизден разы болып, өз турмысында мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, халық ийгилиги жолында қабыл етилип атырған қарарлар, нызамлар ҳәм пәрманлардың орынланыўын көре алыўы ушын хызмет етиў бизиң баслы ўазыйпамыз есапланады. Солай екен, ҳәр бир ўатанласымыз халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде өзиниң үлесин қоса алыўы ең уллы ис екенлигин терең сезиниўи керек,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов.

Усындай илажлар район аймағындағы басқа да аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында өткерилиўи режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.