Аўыл хожалығы тараўы магистратура қәнигеликлери оқыў процесин январь айынан баслаўы мүмкин. Бул ҳаққында «Ташкент мәмлекетлик аграр университетин 2030-жылға шекем болған инновациялық раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша 2020-жылға мөлшерленген «Жол картасы» жойбарында келтирип өтилген.
Ҳүжжетке тийкарланып аўыл хожалығында агротехникалық илажлардың мәўсимлилигин есапқа алып, диссертацияларда еки жыллық илимий-әмелий дала тәжирийбесиниң нәтийжелери қамтып алыныўын тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы тараўы магистратура қәнигеликлери оқыў процесин январь айынан баслаў режелестирилген.
Онда кадрлар буйыртпашылардың усыныслары тийкарында магистратура қәнигеликлери оқыў процесин январь айынан баслаў бойынша оқыў режелери, пән бағдарламалары ҳәм оқыў процесиниң кестесин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, магистратура қәнигеликлери ушын оқыў жүклемелерин қәлиплестириў ҳәм профессор-оқытыўшылар менен тәмийинлеў мөлшерленбекте.
Жуўапкер орынлаўшылар – оқыў ислери бойынша проректор (С.Исломов), Илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректор (К.Султонов), Филиал директорлары (Е.Торениязов, К.Комилов).
ӨзА