Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң оператив топары және Мойнақ районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте рейд илажы өткерилди.

Комитет баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, рейд даўамында Қоңырат районы «Қумбыз» МПЖ турғыны И.М. тәрепинен Мойнақ районы «Бозатаў» МПЖ аймағынан ағып өтетуғын Әмиўдәрья дәрьясынан қадаған етилген лескалы аўлары жәрдеминде 1 дана сазан, 2 дана толстолоб, 1 дана ақ сла, 10 дана лещ балықларын аўлаў жағдайы анықланды. Бул жағдай бойынша пуқараға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 90-статьясы 4-бәнтине тийкарланып 2 007 000 сум муғдарында жәрийма есапланды.

Сондай-ақ, рейд илажы даўамында усы аймақта Мойнақ районы «Ҳәким ата» АПЖ турғыны М.Н. тәрепинен қадаған етилген лескалы аўлары жәрдеминде 3 дана толстолоб, 9 дана лещ балықларын аўлаў жағдайы анықланып, пуқараға Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 90-статьясы 4-бәнтине тийкарланып 1 940 100 сумлық жәрийма есапланды.

Ҳәзирги ўақытта бул еки жағдай бойынша топланған ҳүжжетлер ҳәкимшилик ислери бойынша суд уйымына өткериў мақсетинде таярланбақта.

Пуқараларға республикамыз аймағында аңшылық етиў ҳәм балық аўлаў қағыйдалары түсиндирилди ҳәм қадаған етилген балық аўлаў қураллары және аўланған балықлар нызамлы түрде шешим қабыл етилгенге шекем айғақлы зат ретинде алып қойылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги