Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Зухра Ибрагимова Беруний районында көшпели қабыллаў өткерип, пуқаралар менен ушырасты.

Ушырасыўда райондағы пуқаралар жыйынларынан пуқаралар қатнасып орын алған машқалалары бойынша мүрәжат етти.

Мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги жоллардың насазлығы, ишимлик суўы бойынша машқалалар, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жетиспеўшилиги, жумыссызлық мәселелери болды. Ҳеш бир мүрәжат дықаттан шетте қалмады.

Ушырасыўда пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар бойынша «жол картасы» ислеп шығылды ҳәм оны шешиў бойынша тийисли министрлик, кәрхана ҳәм шөлкемлерге орынланыўын тәмийинлеў бойынша жиберилди.

– Әлбетте, халықтың мүрәжатларын тыңлап, өз ўақтында нәтийжели шешиў олардың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин арттырады,-дейди Өзбекстан «Адолат» СДП Беруний районлық Кеңесиниң баслығы Н.Кузенбаев. – Сол арқалы халықтың абаданлығы тәмийинленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.