Әдиллик министрлигиниң хабар бериўинше, 2020-жыл 1-май күнинен баслап Өзбекстанда балалар бақшасына төлем муғдары өзгереди.

Ҳүкиметтиң 2020-жыл 28-февральдағы қарарына муўапық, 2020-жыл 1-майдан баслап балалар бақшаларына төленетуғын ата-аналар пулы муғдарлары тастыйықланды.

Бақша пулларының муғдары қала ҳәм районлар кесимине қарай бир-биринен парқланады.

Толық мағлыўмат төмендеги кестеде келтирип өтилген.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине ата-аналар тәрепинен ҳәр айда төленетуғын төлем муғдары орнатылған тарифтиң 50 проценти муғдарында етип белгиленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.