Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң Қаршы, Нөкис ҳәм Үргениш қалаларындағы филиалларын ашыў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында университеттиң жоқары мағлыўматлы кадрлар таярлаў системасын түпкиликли жетилистириўге бағдарланған «Жол картасы»ның жойбарында келтирип өтилген, деп жазбақта «Kun.uz».

Атап өтилиўинше, 2022-жылы Қаршы қаласында, 2023-жылы Нөкис қаласында, 2024-жылы Үргениш қаласында университеттиң филиалларын ашыў жобаластырылған.

Бул бойынша аймақларда кадрларға болған талапты үйрениў, кадрларға талап болған аймақларда ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таярлаў, ҳәкимликлер жәрдеминде жыллар кесиминде университет филиалын шөлкемлестириў ушын материаллық-техникалық базасын жаратыў, жыллар кесиминде аймақлардағы университет филиалларында оқыў процесин шөлкемлестириў, мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыўлық жобалар ҳәм оқыў бағдарламаларының жойбарларын ислеп шығыў және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине киргизиў жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.