ҚАРАР ҲӘМ ОНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ

Хожели районы орайында «Шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайы»ның жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Ашылыў салтанатында район ҳәкими Ж.Ермашов ҳәм басқалар, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халықты исбилерменликке тартыў, шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаслардың бизнес идеяларын әмелге асырыўына ҳәр тәреплеме жәрдем бериў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти. Президентимиздиң 2019-жыл 7-марттағы «Аймақларда халықты исбилерменликке кеңнен тартыў  ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қала ҳәм район орайларында ғана емес, ал, шетки аўылларымыздада исбилерменликти раўажландырыў имканиятын бермекте.

-Жаңа орайда исбилерменлеримиз ушын барлық шараятлар жаратылған,-дейди район ҳәкиминиң биринши орынбасары Камил Айтбаев.-Енди шаңарақлық исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегиндеги пуқараларымыз бурынғыдай қаржы, салық, статистика, коммерциялық банклер ҳәм басқа да мәкемелерге ҳәлек болмастан, барлық жумысы усы бир жерден питеди. Оларға бизнес жоба дүзиў, жеңилликли кредит қаржыларын алыў ҳәм басқа да мәселелерде тараў қәнигелери өз мәсләҳәтлерин береди.

Илаж қатнасыўшылары орайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.