ИСБИЛЕРМЕНЛИК

Елимизде исбилерменлик жумысының тосқынлықсыз әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бизнес жүргизиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм республикамыздың инвестициялық тартымлылығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар  әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары кепиллигин тәмийинлеў мақсетинде қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң жумысларында өткерилетуғын барлық тексериўлер Тексериўлерди электрон дизимге алыўдың бирден-бир системасына алыныўы шәрт екенлиги, тексериўлерди электрон дизимге алыўдың бирден-бир системасына алынбаған исбилерменлик субъектлериниң жумысына өткерилетуғын тексериўлер нызамсыз екенлиги белгиленген. Усы нызам талапларын бузған лаўазымлы шахсларға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси ҳәм Жынаят кодексинде тийисли жаза шаралары қолланылыўы белгиленген.

2019-жылдың 1-апрелинен баслап исбилерменлик субъектлериниң жумысында өткерилетуғын тексериўлерди муўапықластырыў ҳәм қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткерилиўиниң нызамлылығы үстинен қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили тәрепинен әмелге асырылмақта. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы қәнигелери тәрепинен  алып барылған қадағалаў жумысларының нәтийжесинде өткен жыл даўамында ҳәм быйылғы жылдың өткен дәўиринде  республикамызда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлеринде нызамсыз тексериў өткерген 25 қадағалаўшы уйымлардың лаўазымлы шахсларына ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы протоколлар дүзилип, судлар тәрепинен айыплы деп табылған.

-Мәселен, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги хызметкерлери тәрепинен 2019-жылдың ноябрь-декабрь айларында Нөкис қаласындағы «МТ-Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң лицензия талап ҳәм шәртлерине әмел етиўи бойынша тексериўлер өткерилип, жумысларына тосқынлық етилген,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жетекши инспекторы Айбек Камалов.-Нәтийжеде, исбилермен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратына мүрәжат еткен. Ўәкил аппаратының  Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы хызметкерлери тәрепинен мүрәжатты үйрениў барысында Транспорт министрлиги хызметкерлериниң ҳәрекетлери нызамсыз екенлиги анықланып, оларға ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы протоколлар дүзилип, суд тәрепинен жәрийма жазасы қолланылды.

Солай етип, исбилерменниң бузылған ҳуқықы тикленди ҳәм оның нызамлы жумыс алып барыўы ушын әмелий жәрдем берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.