Социаллық тармақларда тарқалған «Жаңадан ашылған Бозатаў районынан мүрәжәт келип түсти…» атлы мақала бойынша Бозатаў районлық прокуратурасы тарепинен тексериў өткерилди. Бул ҳаққында ҚР Прокуратурасы баспасөз хызмети хабар берди.

 

Мақалада Бозатаў районлық медициналық бирлеспесинде көплеп жаңа жумыс орынлары ашылғанлығы, жумысқа қабыл етиў бойынша таңлаў өткерилгенлиги, бирақ таңлаў нызамлы турде өткерилмегенлиги, сондай-ақ, бирлеспеде штат бирликлериниң бөлистирилиўиндеги нызамбузыўшылықлар ҳаққында келтирип өтилген.

 

Анықланыўынша, Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Ещановтың 20.01.2020-жылда 8Ө-санлы буйрығы менен орта буўын медициналық хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳаққында таңлаў комиссиясы дүзилген.

 

Буйрыққа  тийкар, таңлаў комиссиясының 23.01.2020-жылдағы, 30.01.2020-жылдағы ҳәм 02.02.2020-жылдағы протоколлары менен штат кестелери тастыйықланбаған орынларға жумысқа қабыл етиў ҳаққында таңлаў өткерилип, таңлаў протоколлары менен бир қатар пуқаралар таңлаў жеңимпазлары деп табылған.

 

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен өткерилген хызмет бабындағы тексериўдиң 19.02.2020-жылғы жуўмағына муўапық, таңлаў министрликтиң арнаўлы буйрық ҳәм тәртиплерине  қайшы түрде өткерилгенлиги ушын Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Ещановқа Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң буйрығы менен «Сөгис» интизамий жаза шарасы қолланылып, Бозатаў районлық медициналық бирлеспеси баслығының медицина хызметкерлерин жумысқа қабыл етиў ҳаққындағы буйрығы ҳәм таңлаў комиссиясының протоколлары бийкар етилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги