Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-февраль күни денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, медициналық хызмет сапасын арттырыў бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға арналған жыйналыс өткерди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Жыйналыста елимизде ҳәр 10 мың халыққа 23 шыпакер туўра келетуғынлығы, жергиликли медицина хызметкерлериниң қәнигелигин жетилистириўге итибар қаратылмай атырғаны, қәнигелескен орай ҳәм аймақлық мәкеме арасында вертикал система қәлиплеспегени атап өтилген.

Кадрлар таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириў бойынша да кемшиликлер бар екенлиги, мәселен, тек ғана 12 жоқары оқыў орны үзликсиз кәсиплик қәнигелигин жетилистириў ҳуқықына ийе екенлиги, ҳәзирги ўақытта 50 процент шыпакер қәнигелигин жетилистириў менен қамтып алынбағаны мәлим етилген.

Сол себепли усы системаны қайта көрип шығып, бул бағдардағы қамтып алыў шеңберин кеңейтиў, қәнигелигин жетилистириў курсларын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларында шөлкемлестирип, қәнигелерге қолайлық жаратыў бойынша тапсырмалар берилген.

Жыйналыста бурынғы усылда қалып кеткен медициналық колледжлер орнында Ибн Сина мектеплерин шөлкемлестириў, сабақ ҳәм әмелиятты заман талаплары тийкарында өтиў зәрүрлиги атап өтилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.