Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында тараў хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының қатнасында «Корруциясыз-ҳадал хызмет» сүрени астында илаж болып өтти.

Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен коррупция миллет душпаны, оған қарсы хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары менен биргеликте гүресиў кереклиги, пәк, ҳадал хызмет ырысқы-несийбе екенлиги, бул бағдарда бажыханашыларға елимиз тәрепинен бир қатар шараятлардың жаратылғанлығы атап өтилди. БМШ тың «Корруцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Конвенциясында белгилеп қойылғанындай, коррупция-бул жәмийетти түрли жоллар менен  қармағына илиндиретуғын қорқынышлы иллет болып табылады. Ол демократия ҳәм ҳуқық үстинлиги тийкарларына зыян келтиреди, инсан ҳуқықларының бузылыўына алып келеди, шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм ҳәм басқа да иллетлердиң раўажланыўына тийкар жаратады.

Коррупция жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына тосқынлық етип, елимиздиң конституциялық тийкарларының бузылыўына, халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына қәўип салатуғын жеркенишли сиясий ўақыя болып табылады. Соның ушын да бул иллетке қарсы гүресиў дүнья жүзи еллериниң ҳәр биринде әҳмийетли мәселелердин бири болып келген.

Елимиз басшысы өзиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, «Коррупцияға қарсы гүресиўде халықтың барлық қатламлары, ең жақсы қәнигелер тартылмас екен, жәмийетимиздиң барлық ағзалары, айтыў керек болса, «ҳадаллық вакцинасы» менен емленбес екен, өз алдымызға қойған жоқары шеклерге ерисе алмаймыз. Биз коррупцияның ақыбетлери менен гүресиўден оның ерте алдын алыўға өтиўимиз керек».

Ҳақыйқатында да, нызам үстин болған ҳәр қандай жәмийетте алға илгерилеў, раўажланыў болады. Инсанларда уллы келешекке үмит ҳәм алға талпыныў туйғысы жүзеге келеди. Мәмлекетлик уйымлардың жумысында коррупцияға жол қойылыўы болса мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық етип, жәмийетте оларға болған исенимсизликтиң артыўына себепши болады. Бул ҳаққында Президентимиз «Жәмийетимизде коррупция иллети өзиниң түрли көринислери менен раўажланыўызға тосық болмақта»,-деп атап өткен еди.

Бажыхана уйымлары жумысында да коррупцияға қарсы гүресиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, хызметкерлердиң ҳадал, жуўапкершиликли ҳәм әдалатлы болыўлары ушын турақлы түрде үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Бүгинги санлы экономикаға өтиў дәўиринде бажыхана уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў бағдарында мәлимлеме технологияларынан жедел пайдаланған ҳалда, электрон ҳүжжет алмасыў системаларының әмелиятқа енгизилгенлиги де бажыханада миллет душпаны болған коррупцияның ерте алдын алыўға қаратылған илажлардан болып табылады.

Илаж даўамында тараў хызметкерлериниң коррупция жолына адасып кирип қалған, аянышлы ақыбетлерге жолыққанлар туўралы видеофильм қойып берилди. Бундай ҳәрекетлер хызметкерлерди ҳадал мийнет арқалы күн кеширип ҳәр бири күнинен разы болып жасаўына, келешекте оларды ҳадаллық ҳәм пәклик тәрк етпеўине түртки болары сөзсиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.