8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни

Пайтахтымыздың Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында «O‘zbegim ayoli – 2020» Миллий сыйлығын салтанатлы тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Усы мүнәсибет пенен театр сарайына министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўшилик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, аналар, ҳәр қыйлы тараўларда жемисли мийнет етип атырған ҳаял-қызлар мирәт етилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева, Миллий масс-медианы раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қәўендерлик кеңеси баслығының орынбасары С.Мирзиёева ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў, олардың мүшкилин жеңил етиў, социаллық қорғалыўын күшейтиў мәселелери мәмлекетимиздиң турақлы итибарында болып киятырғанын атап өтти.

photo5382198414437100699.jpg

Елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы жойбарлар, дөретиўшилик таңлаўлар, аналар байрамы алдынан емес, ал турақлы өткерилиўи жақсы дәстүрге айланған.

Негизинде саў-наўқаслығына қарамастан, шаңарағы, муқаддес қорғаны, перзенти ҳәм ақлықларының әтирапында бәрқулла сақшыдай пәрмана болған, оларды мәпелеп өсирген, өмирин шаңарақтың таўсылмайтуғын тәшиўишлерине бағышлаған ғамқор аналарымыз, әдиўли ҳаял-қызларымыз, жүзинен нур таралатуғын апаларымыздың ҳәммеси қаҳарман.

«Milliy» телеканалы мәмлекетимиздиң барлық аналары, ҳаял-қызларына ҳүрмет көрсеткен ҳалда, ҳәр жылы ««O‘zbegim ayoli» Миллий сыйлығы ушын таңлаў-презентациясын табыслы өткерип келмекте.

photo5379717237600005311.jpg

Быйылғы жылы усы сыйлық ушын болып өтетуғын таңлаўға мәмлекетимиздиң түрли аймақларында жасап атырған 100 ден аслам ҳаял-қызлардың ҳүжжетлери усынылды. Таңлаў жеңимпазларын анықлаўда олардың өрнек болатуғындай хызмети, пидәкерлиги, үлгили жақсы әмеллерине тийкарғы итибар қаратылды. Төрешилердиң жуўмақларына бола, олардың он бири жеңимпаз деп табылды.

«Жақсы ҳаял» номинациясының жеңимпазы Сабоҳат Жалолова турмыстың түрли сынақларын шыдамлылық пенен жеңип келеди. Сабыры сынақларда сыналған ҳаял өзгелерге жәрдемлесиўден шаршамайды. Ол Баҳодир Жалоловтай бокс бойынша чемпионның анасы.

Және бир чемпион Муроджон Аҳмадалиевтиң анасы – Ойшахон Фаёзова да усы номинацияның жеңимпазы. Ол отыз жылдан аслам муғаллим болып ислеп, бүгинги күнде мәҳәлле пуқаралар жыйыны жарастырыў комиссиясының қурамында жумыс алып бармақта. Ол көплеген тыныш емес шаңарақлардың ажырасып кетиўине жол қоймады. Жәрдемге мүтәжлерди турақ жай, жумыс пенен тәмийинлеўге мүнәсип үлес қоспақта.

photo5382198414437100700.jpg

«Сабырлы ҳаял» номинациясының жеңимпазы Лола Раҳмонова дүньяны қәлбиндеги көзи менен көрсе де, бес тилди биледи.

«Ерк-ықрарлы ҳаял» номинациясының ийеси Нилуфар Аҳмедова шыдамын өмирдиң ҳеш бир сынақлары сындыра алмаған. Бүгинги күнде Нилуфар жүзиў бойынша Өзбекстан чемпионы.

photo5379790200504429727.jpg

«Дәўжүрек ҳаял» бағдарының жеңимпазы Қәлбийке Жиемуратова қаншадан-қанша нәрестелердиң аман-есен дүньяға келиўин тәмийинлеген. Акушеркадай оғада қәўетерли кәсипте ана ҳәм бала өмирин сақлап қалыўды муқаддес миннет, деп биледи.

– Елиў бир жылдан берли усы тараўда мийнет етпектемен, – деди Қ.Жиемуратова. – Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Мойнақта да мисли көрилмеген өзгерислер алып барылмақта. Булардың ҳәммеси кеўлимизге мақтаныш бағышлайды.

Илажда және бир топар пидәкер ҳаял-қызларымыз ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпаз болды.

Илажда сыйлық ийелерине арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Гөззал бәҳәр сағынышы, жанажан Ўатанымыз, меҳрибан аналарымыз жырланған қосықлар атқарылды.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы