Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-февраль күни  денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў , медициналық хызметтиң  сапасын арттырыў бойынша гезектеги әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы жумысының биринши күнлеринен тынышлықты сақлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеўди социаллық турмысымыздың ең әҳмийетли бағдарлары етип белгилеген еди. Өткен жылларда бул бағдарда үлкен реформалар әмелге асырылды.

Президентимиздиң 2018-жыл 7-декабрьдеги пәрманына муўапық, 2019-2025-жылларда Денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы ҳәм тийисли бағдарлама тастыйықланды. Барлық аймақларда емлеўханалар қурылып, заманагөй үскенеленбекте. Мәмлекетлик мәкемелер менен бир қатарда жеке меншик медицина бағдары да жедел раўажланбақта. Емлеў жумысының түрлери 50 ден 126 ға шекем көбейтилип, бир қатар женилликлер берилгенлиги себепли өткен жылы 634 жеке меншик медицина мәкемеси шөлкемлестирилди.

Адамлар ең көп мүрәжат ететуғын қыстаўлы ҳәм тез жәрдем бағдарында орайласқан бир пүтин система жаратылды. Тез жәрдем бригадаларының саны 818 ден дерлик 2 мыңға шекем жеткерилди ҳәм халыққа және де жақынластырылды. Қәнигелескен автомашиналар парки жаңаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл январь айында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында тараўдағы реформаларды даўам еттирип, медициналық хызметтиң сапасын арттырыў, жеке меншик медицинаны раўажландырыў, әдиллик ҳәм бәсекини тәмийинлеў бойынша өз пикирлерин билдирген еди.

Мәжилисте усы ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары додаланды.

Бәринен бурын, қәнигелистирилген медициналық жәрдем сапасын ҳәм көлемин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳәр 10 мың халыққа  23 шыпакер туўра келмекте. Жергиликли медицина хызметкерлериниң көнликпесин арттырыўға итибар қаратылмай атыр. Қәнигелестирилген орай ҳәм аймақлық мәкеме арасында вертикал система қәлиплеспеген.

Емлениў ушын ордер бериў системасында социаллық әдиллик тәмийинленбей атырғанлығы, бул процессте тек мәмлекетлик мәкемелердиң қатнасыўы бәсекини шеклеп атырғанлығы атап өтилди. Сонлықтан ордер бериў системасын жетилистириў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Денсаўлықты сақлаў тараўын қаржыландырыў системасы сын көзқараста талланды. 20-30 процент қаржы нәтийжесиз жумсалмақта. Елимизде бирлемши медициналық-санитария ушын ажыралып атырған қаржының үлеси 35-45 процентти қурайды. Сырт елде болса бул көрсеткиш 60 проценттен артады.

Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медицина ушын тең шараят, бәсеки орталығы жаратылмаған. Қаржыландырыўда электрон системаның жоқлығы қаржылардың өнимдарлығын таллаў имканиятын бермей атыр. Тараўды қаржыландырыўды жетилистириў, мәжбүрий медициналық қамсызландырыўға  байланыслы нызамлар қабыл етилип, оны басқышпа-басқыш енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Кадрларды таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бағдарында да кемшиликлер бар. Мәселен, тек 12 жоқары билимлендириў мәкемеси үзликсиз кәсиплик тәжрийбе арттырыў ҳуқықына ийе. Ҳәзирги ўақытта 50 процент шыпакер тәжирийбе арттырыўға қамтып алынбаған. Сонлықтан, усы системаны қайта көрип шығып, бул бағдардағы қамтып алыўды кеңейтиў, тәжирийбе арттырыў курсларын Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардың орайларында шөлкемлестирип, қәнигелерге қолайлылық жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Ескише усылда қалып кеткен медицина колледжлериниң орнында Ибн Сино мектеплери шөлкемлестирилип, сабақ ҳәм әмелиятты заман талаплары тийкарында өтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Орынлардағы денсаўлықты сақлаў басқармалары бюрократиялық структура болып қалғанлығы, аймақлық дәрежеде кеселликлерди таллаў бойынша системалы жумыслардың жоқлығы көрсетип өтилди. Районлық медицина бирлеспесиниң басшысы болыўы менен бир ўақытта орайлық емлеўхананың бас шыпакери болғанлығы себепли ўақыт ҳәм қаржының тийкарғы бөлегин кесселиклерди емлеўге жумсамақта.

Мәмлекетимиз басшысы кеселликлер профилактикасы мәселесине айрықша итибар қаратып, басқарыў уйымларының жумысын тап усыған бағдарлаў зәрүр екнлигин атап өтти. Халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен қәлиплестириў, дурыс аўқатланыў ҳәм пияда жүриўдиң денсаўлыққа пайдасын енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери усы ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары  бойынша презентация өткерди.

 

ӨзА