Социаллық тармақлар арқалы педагог кадрлар аттестициясы бойынша тест сораўларын сатыў ҳаққында ҳәр қыйлы дағазалар жәрияланбақта.

Усы дағазалар тийкарсыз ҳәм жалған мағлыўматлар екенлигин есапқа алып, сиз педагогларға аттестациялық тестлерди сатып алыўды усыныс етип атырғанлардан абайлы болыўға шақырамыз, – деп жазылған ӨзР Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша Мәмлекетлик инспекциясы.

Хабарда жазылыўынша, муғаллимлерге шараятлар жаратыў мақсетинде http://test.tdi.uz/ адреси арқалы онлайн репетициялар шөлкемлестирилмекте.

Бунда педагоглар онлайн тест бағдарламасы менен жақыннан танысыўы ҳәм өзи ҳаққындағы мағлыўматларды pka.tdi.uz электрон базасына толық ҳәм дурыс киргизилгенине исеним пайда етиўи мүмкин.

Мәмлекетлик инспекция муғаллимлерден тек ғана өз билимине исениўди сорайды ҳәм усындай алдаўшылардан абайлы болыўға шақырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.