«@SizdanTelegram» каналында Нөкис дийқан базары жанындағы жөнелисли маршрутлар турар орнында, яғный, стоянкада жаўын жаўғаннан кейинги ҳаял-қызлар топланып қалған суўларды тазалап атырғаны ҳәм стоянканың жағдайы ҳаққында критикалық көзқарастағы видеоролик жәрияланып, кең жәмийетшилик тәрепинен түрлише пикирлер билдирилмекте. Базылар рахметлерин айтып, миннетдаршылық билдирип, қоллап-қуўатлап атырған болса, айрымлар сын пикирлерин билдирмекте, – деп жазбақта Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети.

 

Бул жағдайды үйрениў бойынша Нөкис дийқан базары администрациясы менен байланысқанымызда төмендегилерди мәлим етип билдирди.

 

«Социаллық тармақларда жәрияланған көринистеги ҳаял-қызлар Нөкис дийқан базары жәмәәтинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер. Ҳәр бир хызметкердиң өзлерине бекитилген жуўапкерли тапсырмалары болғанындай, бул хызметкерлер де өз ўазыйпаларын атқарған. Буның ҳеш қандай нызамға қайшы тәрепи жоқ. Жаўыннан кейинги топланып қалған суўларды тазалап, жөнелисли маршрутларға ҳәм де пуқараларға қолайлы имканият жаратып бериў қайта қоллап-қуўатлаўға турарлық ис емес пе?

Ал, автомашиналар турар орнына келсек, бул бойынша да тийисли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, быйылғы 2020-жылда Нөкис дийқан базарында кең көлемли реконструкция жумысларын әмелге асырыў бойынша тийисли смета жойбар ҳүжжетлери исленип шығылмақта. Буның ишинде автомашиналар турар орнын да қайта ислеў нәзерде тутылған. Стоянка белгили дәрежеде бийиклетилип, қар, жаўыннан кейинги суўларды тартып кетиў мақсетинде астынан канализация тармағын тартыў илажлары белгиленген. Бул жумыслар толық әмелге асырылғаннан кейин, жоқарыдағыдай кеўилсиз жағдайлар қайталанбайды, әлбетте».