Төмендегилерге ун ҳәм буханка нан сатып алыў бойынша қосымша қәрежетлерди қаплаў ушын 50 000 сум муғдарында ҳәр айлық пул компенсациясы төленеди:

  •  * жасқа байланыслы ҳәм майыплығы болған напақа алыўшылар;
  •  * бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ҳәм напақасын (ҳәр бир бағылыўшыға) алыўшылар;
  •  * балалықтан майыплығы болған 16 жастан үлкен шахслар;
  •  * 16 жасқа шекемги майыплығы болған балалар;
  •  * 18 жасқа толмаған АИВ инфекциясына шалынған шахслар;
  •  * белгиленген ең кем жасқа байланыслы пенсияның муғдарынан аз пенсия алыўшылар;
  •  * 2 жасқа шекемги болған балалар тәрбиясы ушын тайынланған напақа алыўшылар;
  •  * материаллық жәрдем алатуғын шаңарақлар;
  •  * 14 жасқа шекемги болған балалар ушын тайынланған напақаны алатуғын шаңарақлар;
  •  * белгиленген ең кем жасқа байланыслы пенсия муғдарында пенсия алатуғынлар.

Бул ҳаққында aniq.uz сайты хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги