Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма автотранспортлар саны 2019-жыл жуўмақлары бойынша 110 969 ды қураған. Бул көрсеткиш 2018-жылда 109 189 ға тең болған.

Дизимге алынған 110 969 автотранспорттың 97 643 и жеке меншик, ал 13 326 автотранспорт қуралы юридикалық тәреплерге тийисли болып табылады.

Сондай-ақ, өткен жыл жуўмақларына муўапық, Қарақалпақстандағы мотоцикллер саны 3435 ке жетип, соннан 3158 мотоцикл жеке меншик, қалған 277 си юридикалық тәреплердиң мотоцикллери есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.