Нострификация ушын гезектеги сынақ тест күнлери белгили болды. Бул ҳаққында Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығының кеңесгөйи Феруза Мадраҳимова хабар берип өтти, деп жазады xabar.uz  сайты.

Оған бола, 2020-жыл 24-28-февраль күнлери төмендеги тараўлар бойынша сынақ тестлери болып өтеди:

– Ҳуқықтаныў;

– Денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық тәмийнат;

– Экономика;

– Аўыл хожалығы, инженерлик, қайта ислеў ҳәм қурылыс;

– Баслаўыш билимлендириў;

– Педагогика пәнлери.

Сырт мәмлекетлерде билим алғанлығы ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ушын белгиленген сынақ тестлерине өз ўақтында келмеген, сынақ тестинде қатнасыўшылар дизиминде болмаған талапкерлерге сынақларға кириўге рухсат етилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги