Бажыхана хабарлары

Сырт еллерде ислеп шығарылған, бирақ бажыхана рәсмийлестириўинен өткенлигин ҳәм сапасын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлери болмаған темеки өнимлери тек ишки базардағы бәсеки орталығына ғана емес, ал, жерлеслеримиздиң денсаўлығына да кери тәсир тийгизеди.

Соған қарамастан, айырым пуқаралар тәрепинен әмелдеги тәртиплерди бузған ҳалда темеки өнимлерин республикамызға алып кириўге болған нызамсыз урыныўлар елеге шекем ушыраспақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен ири муғдардағы сапасы кепилленбеген темеки өнимлериниң республикамызға алып кирилиўиниң алды алынды. Қоңсы мәмлекеттен жеке автомашиналарында кирип келген пуқаралар Н.Қ. ҳәм Д.Қ. ларға тийисли автомашиналары орнатылған тәртипте бажыхана тексериўинен өткерилгенде  бажыхана декларациясында көрсетилмеген ҳәм бажыханашылар аўызеки сорағанда айтылмаған улыўма баҳасы 76,1 миллион сумлық темеки ҳәм шылым өнимлери ушын мөлшерленген үскенелер тийисли ҳүжжетлерсиз алып киятырғаны анықланып, тоқтатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.