Педагогикалық шеберлик ҳәм тәжирийбе дәрежесине ийе болған, өз жумысында анық нәтийжелерге ерискен муғаллимлерге жоқары мийнет ҳақы төлеў системасын енгизиў жобаластырылмақта. Бул ҳаққында «Илим-мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған.

2020-жыл 1-апрельге шекем нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.

Жойбарда:

– педагогикалық шеберлик ҳәм тәжирийбе дәрежесин тастыйықлаў бойынша кәсиплик сертификация системасын енгизиў;

– биринши ҳәм жоқары тәжирийбе категориясына ийе муғаллимлердиң айлық мийнет ҳақысын тәжирийбе категориясына ийе болмаған муғаллимлерге салыстырғанда көбейтип барыў әмелиятын енгизиў ҳәм айлық мийнет ҳақы арасындағы парқларды кеңейтиў нәзерде тутылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.