Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, Боёвут районы ҳәкими лаўазымына Дилфуза Уралованы ҳәким етип тайынлаў ҳаққындағы ўәлаят ҳәкиминиң қарары бир даўыста мақулланған.

Дилфуза Уралова 2012-жылы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған. Халық депутатлары Сырдәрья ўәлаятлық Кеңесиниң депутаты, Олий Мажлис Сенатының ағзасы болып есапланады.

Мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанда ҳаял адамның район ҳәкими болыўы биринши мәрте болып атырғаны жоқ. Буннан алдын Жалақудуқ, Боғот, Самарқанд ҳәм Косонсой районларында да ҳаял адамлар ҳәким болып ислеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги