2020-жыл 18-февраль күнги мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанның халқы 34 миллионнан өтип, 34 002 410 адамды қурады. Бул ҳаққында Мәмлекетлик статистика комитетиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Халықтың 17 093 012 си еркек адамлар, 16 909 398 и ҳаял-қызлардан ибарат.

Быйылғы жылдың 1-январь жағдайы бойынша, Өзбекстан халқының саны 33 905 799 адамды қураған еди. Жылдын басынан бүгинги күнге шекем 126 768 перзент дүньяға келген, 29 051 адам қайтыс болған.

Өзбекстанға келгенлер 235 020 адамды қураған болса, мәмлекеттен кеткенлер 24 608 адамды қураған.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2020-жыл 1-январь жағдайына муўапық, 1 миллион 898 мың 329 адамды қураған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.