Әмелий оқыў-семинар

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық қадағалаў басқармасында аймақлық филиалларындағы меңгериўшилери ҳәм қәнигелериниң қатнасында Өзбекстан Республикасы  Президентиниң  2019-жыл 28-ноябрьдеги Пәрманы тийкарында хожалық жүргизиўши субъектлерде тексериўлерди өткериўде хызметкерлердиң көнликпелерин арттырыў бойынша оқыў-әмелий семинары шөлкемлестирилди

Оқыў-әмелий семинары барысында Исбилерменлик субъектлеринде өткерилетуғын тексериўлерде Президент Пәрманлары, Қарарлары, тексериўлерди Бас прокурор буйрығына әмел еткен ҳалда өткериў, тексериўлер тәртибин бузбаў, исбилерменлик субъектлеринде тексериў өткериўде әмелдеги санитария-гигиена нормативлик ҳүжжетлерин терең үйрениў ҳәм басқада бир қатар мәселелер сөз етилди.

Тийисли қәнигелер тәрепинен семинар қатнасыўшыларына емлеў-профилактика мекемелеринде өткерилетуғын күнделикли санитариялық қадағалаў жумысларын стандарт акт тийкарында толтырыў избе-излиги, санитария-эпидемиология режимлери, емлеўхана иши инфекциялары  тарқалыўының алдын алыў, улыўма билим бериў, мектепке шекемги билимлендириў мекемелеринде, жоқары оқыў орынларында күнделикли санитариялық қадағалаў өткериў тәртиби,  оларда аўқатланыў шараятлары ҳәм нормалары,  ишимлик, ақаба суў тармақлары кәрханалары, халыққа хызмет көрсетиў орынлары, оларда әмел етилиўи лазым санитария-гигиена қағыйдалары түсиндирилди.  Сондай-ақ, абаданластырыў ҳәм көп қабатлы, халық жасайтуғын турақ жайлар, атмосфера ҳаўасын патаслаўшы объектлер бойынша тийисли мағлыўматлар берип өтилди ҳәм автотранспортларға хызмет көрсетиў шақапшалары, хызметкерлерди медициналық тексериўден өткериў тәртиби, кәсип кеселлигиниң келип шығыўының алдын алыў, оларды анықлаў,  соның менен бирге, семинар барысында әҳмийетли мәселелердиң бири болған улыўма аўқатланыў кәрханалары, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳәм реализация етиўши кәрханаларда күнделикли санитариялық қадағалаў өткериў, бул бойынша акт толтырыў тәртиби, объектлерде әмел етилиўи лазым санитария-гигиена қағыйдалары, оларды анықлаў бойынша нормативлик ҳүжжетлер ҳәм әмелдеги СанПиНлер бойынша мағлыўматлар берип өтилди.

Семинар қатнасыўшылары тийисли қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиология қадағалаў басқармасының Жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги