Усы жыл 11-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «2019-жылда болып өткен сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдеги жетискенликлер ҳәм орын алған кемшиликлер» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилген илажға Орайлық сайлаў комиссияларының ағзалары, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының баслықлары, депутатлар, тийисли шөлкемлердиң, сиясий партиялардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дөгерек сәўбетинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Ж.Садықов, А.Қадиров, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Е.Джуманазаров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, өткен сайлаўларда ушырасқан айырым машқалалар, жол қойылған кемшиликлерге тоқтап өтти ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслары менен ортақласты.

Атап өтилгениндей, өткен сайлаўлар «Жаңа Өзбекстан-жаңа сайлаўлар» сүрени астында биринши мәрте халықаралық стандартлар, принциплер тийкарында қабыл етилген Сайлаў кодекси бойынша өткерилгени менен де әҳмийетли болды. Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, демократиялық реформалар жолы – биз ушын бирден-бир ҳәм ең дурыс жол болып есапланады. Бул бағдарда биз ҳәр күни излениўдемиз, сырт елдеги алдынғы тәжрийбелерди үйренип, турмысымызды, жумыс усылымызды жаңалаўға ҳәрекет етпектемиз.

Ҳақыйқатында да, барлық тараўларда қолға киргизилген табысларымыз өзимиздики, буннан былай да  раўажланыўымыз ушын тек ғана жетискенликлерди емес, ал, кемшиликлер менен машқалаларды анықлаў, оларды сапластырыў жолларын излестириў бәршемиздиң ўазыйпамыз болып табылады. Соннан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тек сайлаў кампаниясы дәўиринде емес, сайлаўдан кейин  де бир қатар илажларды әмелге асырыўды мақсет еткен. Атап айтқанда, Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының усы жыл 3-февральдағы бийлиги тийкарында өткен сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде ерисилген жетискенликлер, орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша орынларда дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирмекте. Бундағы мақсет, ушырасқан ҳәр қандай кемшиликлер менен машқалаларды биргеликте анықлаў ҳәм оларды сапластырыў жолларын излеп табыўдан ибарат.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына келип түсип атырған мүрәжатлардан ҳәм орынларда өткерилген дөгерек сәўбетлеринен мәлим болғанындай, сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде комиссия ағзаларының мийнетине ис ҳақы төлеў, сайлаўшылардың санын анықлаў, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин дүзиў  ҳәм басқа да бир қатар мәселелерде айырым орынларда кемшиликлерге жол қойылғанлығы сыр емес. Бизиң мақсетимиз келешекте бул кемшиликлерди сапластырыў ушын нелерге итибар бериўимиз керек? Дөгерек сәўбетин шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсетимиз  ең шетки аймақларға шекем кирип барыў, қәнигелер менен ашық-айдын пикирлесиў ҳәм сайлаўларымызды буннан да жоқары дәрежеде өткериў илажларын көриў болып табылады.

–Өткен сайлаўлар алдыңғы сайлаўларға қарағанда ҳақыйқатында да өзгеше болды,-дейди Олий Мажлис Нызамшылық палатасына сайлаў өткериўши 4-Әмиўдәрья округлик сайлаў комиссиясының баслығы Аширбай Кушаев,–Деген менен, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў барысында нызамшылығымызды еле де жетилистириў зәрүрлиги көзге тасланды ҳәм бул бойынша өзимниң пикир-усынысымды билдирдим.

Дөгерек сәўбети даўамында депутатлар, сиясий партиялардың, тийисли шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери  сайлаў процесинде ушырасқан айырым кемшиликлерге тоқтап өтти  ҳәм олардың шешими бойынша усынысларын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.