Үстирт тегислигиндеги «Сайгачий» комплексли ландшафт қорықханасында 35 ке шамалас сайғақтың популяциясы анықланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң рәсмий каналы хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, сайғақлар популяциясы қорықханаға орнатылған дузақ-камералар арқалы анықланған.

Мағлыўматларға қарағанда, Үстирттеги сайғақлар популяциясы мәмлекетимиз тәбиятындағы үлкен жаңалық болып, соңғы 5 жыл даўамында бундай ўақыя бизиң елимизде бақланбаған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.