8-февраль күни халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң гезексиз екинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппаратының баспасөз хызмети.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳəм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик Салық басқармасының баслығы лаўазымында ислеп келген Халмуратов Қаллибек Жолдасбаевичтиң кандидатурасын усынды.

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Қ.Халмуратов Қоңырат районы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы болып тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, Қ.Халмуратов өткен жыллар ишинде Қараөзек районы ҳәкиминиң экономика ҳәм социаллық раўажланыў мәселелери бойынша орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секретариаты баслығы ўазыйпасын атқарыўшы, Кегейли районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша 1-орынбасары, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги Санааттың базалық тармақларын раўажландырыў стратегиялары мәселелери бас басқармасы баслығының орынбасары, Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министри, мәмлекетлик Салық басқармасының баслығы ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.

 

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўрети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги