Cапасы кепилленбеген товарлардың елимизге нызамсыз түрде алып кирилиўиниң алдын алыў бағдарындағы илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен өткерилди.

«Қарақалпақстан» темир жол шегарасының бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен сырт елден Өзбекстан Республикасына кирип келген пуқара өзи менен сапасы кепилленбеген 8 түрдеги 7 мыңнан аслам парфюмерия өнимлерин нызамсыз түрде алып киятырғаны анықланып, тоқтатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, улыўма баҳасы 369 миллион сумлық сапасыз өнимлерди пуқара бажыхана хызметкерине  билдирмей, жолаўшы бажыхана декларациясында да көрсетпеген ҳалда алып өтпекши болған. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.