Халық депутатлары Нөкис қалалық кеңеси депутаты С.Исметова өзи депутат болып сайланған Нөкис қаласындағы «Қос көл» мәкан пуқаралар жыйыны пуқаралары менен ушырасты. Олардың усыныслары ҳәм машқалаларын тыңлады.

Усы аймақтың турғынлары режелестирилмеген турақ жайларда жасайтуғынлығы есапқа алынған ҳалда, депутат тәрепинен «Адолат» социал-демократиялық партиясының «Тазалық жолында бирлесейик!» жойбары  шеңберинде усы аймақтағы көшелер арасында таңлаў өткериў усынысы билдирилди. «Ең таза шаңарақ», «Ең таза көше» сыяқлы бир қатар номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланып, мүнәсип хошаметленеди. Депутат соның арқасында аймақтың тазалығына ҳәм абаданлығына үлес қосыў менен бирге пуқаралардың, әсиресе, жаслардың қоршаған орталыққа болған жуўапкершилигин арттырыўға ийтермелейди, деп есаплайды.

Усы күни «Қос көл» мәкан пуқаралар жыйынындағы 9-көшеде ўақытша жасайтуғын 1973-жылы туўылған өзи еркин ҳәрекетлене алмайтуғын М.Төрениязованың жағдайынан хабар алынды. Депутаттың ҳәм Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң қайырқомлығында майыплар арбашасы ҳәм кровать тапсырылып,  турақ жайы электр тармағына жалғап берилди. Сондай-ақ, аймақтағы 41-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, спорт пенен турақлы шуғылланып атырған оқыўшыларға спорт формаларын саўға етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.